Русские видео

Сейчас в тренде

Иностранные видео


Скачать с ютуб Бұл сүре қарыздан құтылуға көмек теседі Байлыққа күтпеген жерден кенелесіз в хорошем качестве

Бұл сүре қарыздан құтылуға көмек теседі Байлыққа күтпеген жерден кенелесіз 2 года назад


Если кнопки скачивания не загрузились НАЖМИТЕ ЗДЕСЬ или обновите страницу
Если возникают проблемы со скачиванием, пожалуйста напишите в поддержку по адресу внизу страницы.
Спасибо за использование сервиса savevideohd.ru



Бұл сүре қарыздан құтылуға көмек теседі Байлыққа күтпеген жерден кенелесіз

Бақара сүреси 1. Әлиф. Ләәм. Мийм. 2. Бул китапта (Қуранда ҳеш қандай) шубҳа жоқ ҳәм ол тақўалылар ушын ҳидаят. 3. Олар ғайыпқа (пайғамбарымыз Муҳаммад айтқан хабарларға) ийман10 келтиреди, намазды толық оқыйды ҳәм Биз оларға берген ырысқыдан напақа қылады. 4. Және олар саған нәзил болған нәрсеге ҳәм сеннен алдын (өткен пайғамбарларға) нәзил етилген нәрсеге де (Таўрат, Забур ҳәм Инжилден болған илаҳий китапларға ҳәм басқа илаҳий көрсетпелерге) ийман келтиреди ҳәм ақыретке анық исенеди. 5. Әне солар өзлериниң Рәббиси11 тәрепинен болған туўры жолда, әне тек солар – утысқа ерисиўши. 6. Әлбетте, (тәғдиринде иймансыз болыўы жазылып, дүньяда) күпир келтиргенлерди ескертесең бе, ескертпейсең бе, бәри бир – ийман келтирмейди. 7. Аллаҳ олардың қәлбин ҳәм қулақларын тамғалаған ҳәм олардың көзлеринде перде бар. Оларға үлкен азап (таярлап қойылған). 8. Және адамлардың арасында өзи мөмин болмай турып, Биз Аллаҳға ҳәм ақырет күнине ийман келтирдик, дейтуғыны да бар (Олар – еки жүзлилер). 9. Олар (буның менен) Аллаҳты ҳәм мөминлерди алдамақшы болады. Бирақ, өзлери сезбеген ҳалда өзлерин ғана алдайды. 10. Олардың қәлбинде кеселлик (шубҳа ҳәм тәкаббырлық) бар. Аллаҳ оларға (усы) кеселлигин зыяда қылды. (Мусылманбыз, деп) өтирик сөйлегени ушын оларға (ақыретте) аўыртыўшы азап бар. 11. Оларға: «Жер бетинде бузғыншылық қылмаң» – делинсе, олар: «Бизлер (бузғыншы емеспиз), тек (адамлардың арасын) дүзетиўшимиз», – дейди. 12. Билип қойың, әлбетте, олардың өзлери бузғыншы, бирақ (буны) өзлери сезбейди. 13. Егер оларға: «Сизлер де адамлар (мусылманлар) ийман келтиргениндей ийман келтириң», – делинсе, олар: «Наданлар ийман келтиргениндей ийман келтиремиз бе?» – дейди. Билип қойың, олардың өзлери надан, бирақ (буны) өзлери билмейди12. 14. Олар ийман келтиргенлерге жолықса: «ийман келтирдик», – дейди, ал шайтанлары (баслықлары) менен жалғыз қалғанда: «бизлер сизлер менен биргемиз, бизлер тек (мусылманларды) мазақлаўшымыз», – дейди. 15. Аллаҳ оларды «мазақ қылады»13 ҳәм оларды өзлериниң ҳәдден асқан ҳалларында адасып жүриўин (белгили бир мүддетке шекем) даўамлы етип қояды. 16. Әне солар ҳидаяттың орнына адасыўды сатып алды, бирақ, олардың (бул) саўдасы өзлерине пайда бермеди. 17. Олар мисли от жағып, (жаққан оты) дөгеректи жақты қылғанда, Аллаҳ оның нурын жоқ етип, олар қараңғылық ишинде (ҳеш нәрсени) көре алмайтуғын ҳалда таслап қойылған адамға уқсайды. 18. (Олар – мәнаўий жақтан) герең, сақаў, соқыр. Енди олар (адасқан жолынан ҳидаятқа) қайтпайды14. 19. Ямаса (олардың уқсасы) аспаннан нөсер жаўын жаўып, онда (сол түнде) қаранғылық, гүлдирмама ҳәм шақмақ болып, (олардың тәсири ҳәм) жасынлар себепли өлимнен қорқып бармақларын қулағына тығып алған адамға уқсайды. Аллаҳ кәпирлерди (қәлеген ўақытта) қамтып алыўшы. 20. Шақмақ олардың көзлерин соқыр қылатуғындай дәрежеде болып, шақмақ ҳәр сапар жарытқанда (азырақ) жүреди, ал қараңғы болғанда (жүре алмай) турып қалады. Егер Аллаҳ қәлесе, оларды қулақларынан ҳәм көзлеринен айырады. Әлбетте, Аллаҳ – ҳәмме нәрсеге қәдир15. 21. Ҳәй адамлар, сизлерди ҳәм сизлерден алдынғыларды жаратқан Рәббиңизге ибадат қылың! Қәнекей, тақўалы болсаңыз16 22. Ол сизлер ушын жерди «төсек», аспанды «бина» қылған ҳәм аспаннан суў түсирип, оның менен сизлерге мийўелерди (мийўели ағашларды) ырысқы етип шығарды. Енди билип турып, Аллаҳға басқаларды теңлестирмең! 23. Егер бендемизге (Муҳаммадқа) түсирген нәрсемизден (Қураннан) гүманыңыз болса, онда оған уқсас бир сүре (жазып) келтириң. Егер рас сөйлеўшилерден болсаңыз, Аллаҳтан басқа гүўаларыңызды17 шақырың. 24. Егер (бул исти) қыла алмасаңыз – ҳеш қашан қыла алмайсыз да – солай екен, жанылғысы адамлар ҳәм тас (бут)лар болған, кәпирлер ушын таярланған дозақтан сақланың! 25. Ийман келтирген ҳәм ийгиликли ислерди ислегенлерге олар ушын астынан дәрьялар ағып турған жәннетлер бар екенлигиниң хош хабарын бер. Ҳәр қашан олардың мийўесинен ырысқыланғанда: «Бул алдын бизлер жеген мийўелердиң өзи ғой?» – дейди18. Оларға (көриниси) уқсаслар (мийўелер) берилген еди.

Comments